Гендер теңлиги ҳәм ҳаяллар ушын қорғаў ордериниң берилиўи

07.09.2023 19:29:02 244 Баспаға шығарыў

Мәлим болғанындай соӊғы жылларда мәмлекетимиз басшысы басламасы менен ҳаял-қызлар мәселеси, олардыӊ турмыс шәраятларын жақсылаў, күнделикли турмыстағы машқалаларды шешиў, олардыӊ шаӊарақта, жәмийетлик өмирдеги активлилигин асырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы нәтийжесинде жәмийетлик қатнасықлар да, Нызамшылықта да үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта.
Усындай әмелге асырылып атырған реформалардыӊ бири сыпатында 2019-жыл 2-сентябрь күни ӨРН-561-санлы «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасыныӊ Нызамы қабыл етилди ҳәм бул Нызамныӊ мақсети сыпатында ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтыӊ барлық түрлеринен қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў етип белгиленди.
Усы Нызамныӊ 21-статьясына көре, ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықтыӊ алдын-алыўға байланыслы жеке тәртиптеги шара-иләжлар түрлерине төмендегилер киреди:
-профилактикалық сәўбетин өткериў;
-қорғаныў ордерин бериў;
-басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилерге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайларға жайластырыў;
-зорлық минез—қулқын өзгертиў бойынша дүзетиў дәстүрлеринен өтиў.
Қорғаныў ордерин бериўге төмендегилер себеп болады:
-Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардыӊ мүрәжааты;
-Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ хабарлары, солардан ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда тарқалған хабарлар;
-Басым ҳәм зорлық ҳалатларыныӊ ўәкилликли органлар ҳәм шөлкемлер хызметкерлери тәрепинен анықланыўы;
-Мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлерден алынған материаллар.
Қорғаныў ордери мәҳалле баслығыныӊ ҳуқық-қорғаў бойынша орынбасары, яғный профилактика инспекторы тәрепинен бериледи.
Сондай-ақ, басым ҳәм зорлықтан жәбирленген пуқараныӊ өзинен тысқары, жақынлары, қоӊсы яки ағайинлери де ордер алыў ушын мүрәжаат етиўге болады. Ҳалат ҳаққында хабар берген пуқаралар ҳәм де басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардыӊ шахсына тийисли мағлыўматлары нызамға тийкар сыр сақланады.
Буннан тысқары, 18 жасқа толмаған жәбирлениўши де ордер алыўы мүмкин. Бирақ оныӊ арзасы нызамлы ўәкили яки қәўендерлик ҳәм әменгерлик органыныӊ ўәкили менен биргеликте көрип шығылады.
Басым ҳәм зорлық факты анықланса яки оларды сәдир етиў қәўипи анықланса, 24 саат ишинде рәсмийлестириледи ҳәм сол ўақыттан баслап күшине киреди. Қорғаныў ордери 30 күнге бериледи. Егер сол ўақыт ишинде ҳалат өзгермесе, ҳүжжеттиӊ әмел етиў мүддети жәбирлениўшиниӊ арзасына көре, көби менен 30 күнге шекем созылады.
Қорғаныў ордериниӊ биринши бөлими, яғный түп нусқасы жәбирлениўшиге бериледи, екинши бөлими (көширмеси) зорлық сәдир еткен шахсқа тапсырылады. Буннан тысқары, басым ҳәм зорлық ислеўши шахсқа орнатылған шеклеў бети де бериледи. Қорғаныў ордериниӊ үшинши бөлими болса профилактика инспекторында қалады.
Зорлық ислеген шахс қорғаныў ордерин алыў яки оны имзалаўдан бас тартса, профилактика инспекторы қалыслар қатнасында дәлалатнама дүзеди ҳәм басым ҳәм зорлық ислеўши шахс усы ҳәрекетти даўам еттирген жағдайда, нызам бойынша жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққында рәсмий ескертеди ҳәм бул ҳаққында жәбирлениўшини хабардар етеди.
Қорғаныў ордерин алған пуқаралар 30 күн ишинде төмендеги ҳалатларда қорғалады, яғный:
– басым өткизиў ҳәм зорлық сәдир етиўди шеклейди;
-тәреплер ортасында байланысты шеклейди (жумыс ҳәм тәлим мекемелеринде тиккелей байланысқа жол қойылады);
-тәреплердиӊ бир ханада бирге болыўына жол қойылмайды;
– басым ҳәм зорлық ислеўши шахс мойнына (жәбирлениўшини емлеў, материаллық ҳәм руўхый зыянды қаплаў сыяқлы) мәжбүриятлар жүклейди;
– басым ҳәм зорлық ислеўши шахстыӊ қурал сақлаў ҳәм алып жүриў ҳуқықы шекленеди (хызмет қуралынан тысқары).
Сондай-ақ қорғаныў ордерин мүддетинен алдын да тамамлаў мүмкин, яғный:
-жәбирлениўши қорғаныў ордерин тамамлаўды сорап мүрәжаат еткенде;
-белгиленген мүддет, яғный 30 күн (узайтырылған мүддет) тамамланғанда;
-жәбирлениўши яки зорлық сәдир еткен шахстан бири суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылғанда;
-сәдир еткен жынаяты ушын жәбирлениўшилер яки зорлық ислеўши шахстан бирине қарата қамақ бас шарасы қолланылғанда;

-жәбирлениўшилер яки басым ҳәм зорлық ислеўши шахстан бири сәдир еткен жынаяты ушын еркинен айырылғанда;
– жәбирлениўшилер яки басым ҳәм зорлық ислеўши шахстан бири мәжбүрий емлениўге жиберилгенде;
– жәбирлениўшилер яки басым ҳәм зорлық ислеўши шахстан бири нызам ҳүжжетлерине муўапық турақлы жасаў орнынан узақ мүддетке басқа мәмлекетке шығып кеткенде;
жәбирлениўшилер яки басым ҳәм зорлық ислеўши шахстан бири қайтыс болғанда.
Әмел етиў мүддети тамамланғанлығы ҳаққында сол күнниӊ өзин де ақ, жәбирлениўшилер яки басым ҳәм зорлық ислеўши шахсларға хабар бериледи.
Усыған көре, Өзбекистан Республикасыныӊ 2020-жыл
5-октябрдеги ӨРН 640-санлы Нызамы менен Өзбекистан Республикасыныӊ ҲЖҳК 206-1-статьясы менен толтырылып, бул статьяда зорлық өткизген ҳәм (яки) зорлық ислеген яки оларды ислеўге мейил болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламаў ушын жуўапкершилик белгиленген болып, нызам бул ҳуқықбузарлық ушын базалық есаплаў муғдарыныӊ бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасын нәзерде тутады.
Бул Нызамныӊ мақсети ҳаял-қызларды турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа орынларда басымлар ҳәм зорлықтыӊ барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған. Усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў, сондай-ақ басымлар ҳәм зорлықтан жәбирленгенлерди ҳуқықый ҳәм де социаллық қорғаў кепилликлерин тәмийнлеў де нызамныӊ әҳмийетли мақсетлеринен бири болып есапланады.

Райса Бекмуратова
Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы

07.09.2023 19:29:02 245