Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы

06.09.2023 18:13:19 194 Баспаға шығарыў

Жынаят ислери бойынша Кегейли район суды тәрепинен ɵткерилген ашық суд мәжилисинде лаўазымынан пайдаланған ҳалда коррупция менен байланыслы болған жынаятты жүзеге келтирген жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы 1-бөлиминиң «в» бәнти менен айыпланған А.Б қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды. Мәлим болыўынша, судланыўшы А.A Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиӯ орайында (бурынғы атамасы менен) мийнет ҳуқық инспекторы лаӯазымында ислеп келип, өз лаӯазымынан қастан пайдаланып,  мектеgnt мийнет ҳәм халық бәнтлиги нызамшылық хүжжетлери талапларының орынланыӯы бойынша алып барылған тексериӯде анықланған нызамбузылыӯ ҳалатлары бойынша мектеп директорынан жәрийма қолламаӯ есесине 1.000.000 сӯм пулды пара сыпатында бериӯди талап еткен. Жәбирлениўшиниң арзасына тийкар, алып барылған оператив илажлар ўақтында айыпкер А.A талап етилген пулды дәмегөйлик жолы менен пара сыпатында Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиӯ орайы имәратында алған ӯақтында усланған ҳәмде ӯақыя орнынан химиялық ислеӯ берилген 1.000.000 сӯм пуллар айғақлы зат ретинде алып қойылған.
Солай етип, А.A өзиниң жоқарыдағы пара алыӯ, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ органы лаӯазымлы шахсының өз хызмет абыройынан пайдаланған ҳалда сәдир етиӯи лазым яки мүмкин болған белгили бир ҳәрекетти пара берип атырған шахстың мәплерин гөзлеп орынлаӯы яки орынламаӯы есесине жеке өзи яки дәлдалшы арқалы нызамға қайшы екенлигин биле турып, материаллық қымбатлықлар алыӯы яки мүлкий мәпдар болыӯда сәӯлеленген ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ЖКнинг 210-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты қастан сәдир еткен. Гүўалардың кɵрсетпелери ҳәм айыпкердиң қарсысына топланған ис хүжжетлери үйренилип шығылып, А.A ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы 1-бөлими менен ЖКныӊ 45-статьясы қолланылып, 3 (үш) жыл мүддетке мәмлекетлик уйымларда шөлкемлестириў-басқарыў ҳәм ҳәкимшилик-хожалық ӯәкилликлери берилген ҳәм материаллық жуўапкерли лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, 3 (үш) жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.
Пара алыў жынаят екенлиги, оның алдын алыў ҳәм ақыбети бойынша алып барылып атырған түсиндириўлер, ескеритиўлерге қарамастан жәмийетимизде усы жынаятқа қол урып атырғанлардың еле де бар екенлиги аянышлы. Демек, дәмегɵйликке берилген бундай адамлар арамызда бар екен, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы болып қала береди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

06.09.2023 18:13:19 195