ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

29.08.2023 16:06:26 69 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– «Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы»нда әмелге асырылыўы тийис аймақлық бағдарламасының орынланыўы ҳаққында.
– «Темир дәптери» дизиминде турған ҳәмде жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

29.08.2023 16:06:26 70