ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

29.08.2023 16:04:50 73 Баспаға шығарыў

Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– Аймақларда жәмийетлик транспортлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў ҳәм жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
– Мәҳәллелерде электр энергиясы тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариаты

29.08.2023 16:04:50 74