ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

28.08.2023 11:59:43 79 Баспаға шығарыў

Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар туўралы Кегейли районы аӯыл хожалығы бөлими жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы А.Тилеулесовтиң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша аймакларда резервтеги бос турған жер майданлары есабынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 10-сентябрьдеги «Дийхан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-373-санлы қарары тийкарында дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын ижараға бериў мақсетинде ашык электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар 1-қосымшаға, юридикалық шахсларға аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкаларын ижараға бериў мақсетинде ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

 

  1. Тастыйықланған аймақларды қәнийгелестириў жѳнелислери жыл даўамында резервтеги аўыл хожалығына мѳлшерленген жерлер бойынша жойбарлар таярлаў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп қойылсын.

4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясынаҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (А.Юсупов) жүкленсин.

28.08.2023 11:59:43 80