ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Мәҳәллелерде электр энергиясы тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

28.08.2023 11:58:07 80 Баспаға шығарыў

Мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасының (Ж.Ембергенов) мәҳәллелерде электр энергиясы тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағыесабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли район ҳәкимлиги (А.Камалов, Қ.Атамуратов) тараў басшылары (Ж.Ембергенов) менен биргеликте:

-мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын еледе жақсылаў, электр энергиясынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин асырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

ҳәкимшилик-турмыс имаратлары ҳәм объектлеринде, соннан турақ жай массивлери ҳәм хожалықобъектлерине гүз-қыс дәўиринде турақлы түрде электр энергиясын жеткерип бериўди тәмийинлесин;

– электр энергиясын үнемлеў бойынша тастыйықланған илажлардың                       өз ўақтында  ҳәм толық орынланыўын тәмийинлесин.

  1. «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Кегейли районы электр тәмийинлеў кәрханасы (Ж.Ембергенов):

– аймақларда электр тәмийнатына унамсыз тәсир көрсетип атырған факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша анық иләжлар белгилесин.

-мәҳәллелер кесиминде ескирген ҳәм оңлаў талап етип турған трансформаторларларды хатлаўдан өткериў;

– тараўда электр энергиясын талан-тараж қылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм болдырмаў бойынша зәрүр иләжларды белгилесин;

4.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлықтараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

28.08.2023 11:58:07 81