Аймақларда жәмийетлик транспортлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў ҳәм жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Аймақларда жәмийетлик транспортлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў ҳәм жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Қ.Атамуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, Қ.Атамуратов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметиниң сапасын түптен жақсылаў;
– аймақларда жәмийетлик транспортлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў;
– жәмийетлик транспортларынан пайдаланыў ўақтында пуқаралардың айырым тайпалары ушын жеңиллетилген тарифлерди егизиў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– транспорт хызметин көрсетиўде машқалалы аймақларға халықтың усыныс-пикирлерин есапқа алған ҳалда қосымша транспорт хызмети жөнелислерин ашыў бойынша усыныслар таярласын.
– тийисли қадағалаўшы органлар менен биргеликте район аймағындағы ҳәрекеттеги барлық жөнелислерде транспорт хызметиниң аўҳалын турақлы түрде мониторинг қылып барсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
– автомобиль жолларының қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың орынланыўын тәмийинлеў;
– транспорт хызметлериниң бәсекилиги, олардың нәтийжелилиги ҳәм сапасы, қәўипсиз ҳәм экологиялық жақтан тазалығын асырыў;
– транспорт тараўы басқарыўын раўажландырыў ҳәм ҳәр түрли транспорт түрлериниң өз-ара байланыслы тәризде ислеўин тәмийинлеў, сондай ақ нәтийжели тариф сиясатын журитиў бойынша айқын илажлар белгилесин;
– аймақлардағы бәндиргилерди қатлаўдан өткерип, талапқа жуўап бермейтуғынларын тәртипке келтирсин, зәрүр болған аймақларға бәндиргилер орнатыў илажларын көрсин.
– усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳақкында 2023 жылдың 1-декбарь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мәлимлеме киритсин.
- Район ҳәкимлиги мәлимлеме хизметине:
– транспорт тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәмде социаллық тармақларда кең жарытылып барылыўын тәмийинлесин.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа жүкленсин.