ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Базарларда баҳалардың, тийкарынан азық-аўкат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

28.08.2023 11:49:57 71 Баспаға шығарыў

Базарларда баҳалардың, тийкарынан азық-аўкат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Базарларда баҳалардың, тийкарынан азық-аўкат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы Кегейли район ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Б.Қадировтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, Б.Қадиров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери, атап айтқанда, гөш, картошка, гуриш, ун, қумшекер, мәйек ҳәм өсимлик майына болған талабын толық қанаатландырыў ҳәмде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базардағы баҳа турақлылығын сақлаў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– дийхан (азық-аўқат) базарларында шөлкемлестирилетуғын ярмаркаларды тийкарғы түрдеги тутыныў товарларының шекленген (арзан) баҳаларда сатыўға қойылыўы, күнделик баҳаның мониторинги ҳәмде саўда орынлары ушын белгиленген төлемлердиң толық ҳәм өз ўақтында өндирилиўи;

– белгиленген орынлардың ажыратылыўында түрли көринистеги өзбасымшалыққа жол қоймаў бойынша системалы қадағалаў орнатыў илажларын көриў;

– дийхан базарларының санитария жағдайларын жақсылаў, исбилерменлер ҳәм пуқараларға қолайлы шәрт-шараятлар жаратыў ҳәмде санитария қағыйдаларына әмел қылыўы бойынша ҳәптеде бир мәрте “Санитария күни”н шөлкемлестириў илажларын көриў;

– дийхан базарлары аймағындағы ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўлар системасының санитариялык-техникалық жағдайларын тийисли мәкемелер менен биргеликте үйренип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў ўазыйпалары жүклетилсин.

  1. “Кегейли дийхан базары” (А.Айтимова), “Халқабад дийхан базары” (Г.Қайыпназарова) жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери:

– дийхан базарларында исбилерменлер, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлаға зәрүр шәрт-шараятлар жаратылыўын ҳәмде санитария-гигиена талапларына қатаң әмел етилиўин қадағалаўға алыў;

– дийхан базарлары аймағындағы ҳәжетханаларды талап дәрежесине келтириў;

– шығындыларды өз ўақтында алып кетиў ҳәм арнаўлы шығынды сақлаў үскенелери менен тәмийинлеў ҳәмде ҳәптеде бир мәрте дизенфекция илажларын турақлы түрде әмелге асырсын.

  1. Кегейли районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлык ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими (Г.Наубетуллаева):

– дийхан базарларының санитариялық аўҳалын жақсылаў, исбилерменлерге ҳәм пуқараларға қолайлы шәрт-шараятлар жаратыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

– базарлардың санитариялық аўҳалын қадағалаў ушын бириктирилген жуўапкер қәнигелер тәрепинен дийхан базарларына келтирилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги бойынша белгиленген тәртипте қадағалаў илажларын алып барыў ўазыйпасы жүклетилсин.

5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Қадировқа жүклетилсин.

28.08.2023 11:49:57 72