Мәҳәллелерде жаслардың дене-тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған шарт-шараятлардың аўҳалы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Торемуратовтың есабатын қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Мәҳәллелерде жаслардың дене-тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған шарт-шараятлардың аўҳалы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Торемуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, А.Төремуртов) тийисли тараў басшылары ҳәм кәсиплик аўқамлары шөлкемлери менен биргеликте:
– 2024-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий тәризде спорттың волейбол, футбол, миллий гурес, стол тенниси, шахмат түрлери бойынша “Район ҳәкими кубогы” спорт жарысларын өткериў;
– районда дене тарбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланып атырған халықтың улыўма санын 40 пайызға шекем, спорт макеме ҳәм шөлкемлерде шуғылланытуғын жаслардың санын 50 пайызға шекем асырыў;
– районда мәмлекетлик спорт тәлими мәкемелеринде тренер ҳәм қәнигелердиң сапа қурамы, тийкарынан жоқары мағлыўматлы қәнигелер санын басқышпа-басқыш 80 пайызға шекем жеткериў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
– балалар өспиримлер спорт мектебиниң оқыўшы-спортшылары ортасында “Балалар спорт ойынларын” өткериў арқалы инталы спортшыларды анықлаў ҳәм жаслар сайланды командаларына резерв жаратыў;
– мәҳәллелерде халықтың кең қатламлары ортасында “Физикалық таярлық дәрежеси” сынақларын өткериўди енгизиў;
– улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ортасында дене тәрбияны ен жайдырыў, олар ортасында инталыларын анықлаў мақсетинде “Улыўма билимлендириў мектеп спорты” фестивалын ҳәм мәкемелер ортасында “Дене тәрбиясы раўажланған шөлкем” таңлаўларын басқышпа-басқыш өткерип барыў усыныс етилсин.
3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Төремуратовқа жүкленсин.