ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: “Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққында.

28.08.2023 11:47:28 224 Баспаға шығарыў

“Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

1 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февралдағы                 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын “Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыўы бойынша  Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Төремуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Кегейли районы сектор баслықлары (А.Камалов, И.Абдуллаев, Н.Адилбеков, Ғ.Қадиров), район ҳәкиминиң орынбасарлары (Б.Қадиров, И.Давлетмуратов, Қ.Атамуратов, А.Торемуратов), райондағы барлық мекеме ҳәм шөлкемлер:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февралдағы 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын “Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында”ғы                 ПФ-27-санлы Пәрманының районда орынланыўын шөлкемлестириў бойынша бағдарламада белгиленген ҳәр бир бәнтиниң өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын әмелге асырыў;

– сектор басшылары тәрепинен ҳәр бир мәҳәлледе бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўы хаққында турақлы турде додалап барыўын тәмийинлеў;

– район ҳәкиминиң орынбасарлары Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы ҳаққындағы улыўмаластырылған мағлыўматларды белгиленген мүддетте муўапықластырыўшы район исши топарына усынып барыў ҳәмде бағдарламада белгиленген ўазийпалар орынланыўын өз ўақтында, сапалы тәминлеў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

– Мәмлекетлик бағдарламада ҳәр бир бәнттиң өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеп, жуўмағы ҳаққында Халық депутатлары районлық Кеңесине есабат берип барыў ўазыйпасы тапсырылсын;

  1. Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларына:

– турақлы түрде орынларға шығып Бағдарлама шеңбериндеги илажлардың орынланыўын үйренип барыў ҳәмде анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымлары, кархана ҳәм мәкемелерге әмелий жәрдем көрсетиў;

– Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша комплекс ис-илажлардың орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў илажларын белгилесин.

  1. “Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе ҳәр шеректе Халық депутатлары районлық Кеңесине талқылаўға киритип барыў усыныс етилсин.
  2. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хизмети баслығы (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы бас редакторы (Е.Мухамбетов) Мәмлекетлик бағдарламаның районда орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумысларды район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы ҳәмде ғалаба ҳабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәқиминиң тараўлар бойынша орынбасарларына (Б.Қадиров, И.Давлетмуратов, Қ.Атамуратов, А.Төремуратов, Г.Хожамбергенова) жүкленсин.
28.08.2023 11:47:28 225