ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

28.08.2023 11:42:21 61 Баспаға шығарыў

2023 жылдың 8 айы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 1517 мүрәжат келип түскен, соннан 736 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 222 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 8 мүрәжат мәселеси тамамланған, 5 мүрәжат мәселеси бийкар етилген, 1 мүрәжат мәселеси көрместен қалдырылған, 471 мүрәжат ийесине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм 6 мүрәжат мәселеси мүддетли қадағалаўға алынған.

Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 48,5 пайызды қураған.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 275 мүрәжаттан                          141 мүрәжат (51,3%), 2-сектор бойынша жәми 399 мүрәжаттан 193 мүрәжат
(48,4%), 3-сектор бойынша жәми 389 мүрәжаттан 158 мүрәжат (41%),                       4-сектор бойынша жәми 454 мүрәжаттан 244 мүрәжат (53,7%) пайыз қанаатландырылған.

Кегейли районы «Көк-өзек» аўыл пуқаралар жыйынына жыл басынан усы күнге шекем аймақтағы жасаўшы пуқаралардан жәми 35 мүрәжат келип түскен болса, соннан 19 пуқараның мүрәжатлары дизимге алыў китабына дизимге алынбаған ҳәм мүрәжат ийелерине жуўап хатлары берилмеген.

Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынына жыл басынан усы күнге шекем аймақтағы жасаўшы пуқаралардан жәми 14 мүрәжат келип түскен болса, соннан 1 пуқараның мүрәжатына усы күнге шекем жуўап хатлары берилмеген.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы үйренип шығылғанда, айырым мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси төмен болып қалмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. 2023 жылдың 8 айлығы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2023 жылдың 8 айлығы даўамында Кегейли районы “Көк өзек” (Т.Жүндиллаев) ҳәм “Ақтуба” (А.Баймуратов) аўыл пуқаралар жыйынларында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын.
  3. Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими (Н.Акимниязов):

– “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларының бузылыўына жол қойғанлығы ушын “Көк өзек” ҳәм “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйынлары жуўапкер шахсларға белгиленген тәртипте интизамий жаза шараларын қолланыў мәселесин көрип шықсын;

– пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мүрәжатлар менен ислесиў жумысларын сын көз-қараста терең анализленген ҳалда үйренип шығып, кемшиликлерге жол қойып атырған пуқаралар жыйынлары баслықларының интизамий жуўапкершилигин белгиленген тәртипте көрип шығыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

28.08.2023 11:42:21 62