Районда спорт тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм нәтийжелер бойынша медиа-тур шɵлкемлестирилди

15.08.2023 10:09:53 86 Баспаға шығарыў

Медиа тур даўамында ҒХҚ ўәкиллери районда жанадан курып питкерилген «Кегейли стадионы» ҳәм спорт зал имаратларының ишки имканиятлары менен танысты. Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дереклери есабынан баҳасы 3,5 млрд сўмлық, 18×36 көлемдеги жабық спорт зал ҳәм “Ақтуба” АПЖ аймағындағы 1000 орынға мɵлшерленген 1-санлы Балалар өспиримлер спорт мектеби имараты 4 млрд 704,4 млн сўм  муғдарында қаржы есабынан қурып питкерилген болып, бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ɵткериўи ҳәм 20 дан аслам спорт түрлери менен турақлы шуғылланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған орынға айланбақта.

Медиа-тур қатнасыўшыларына районда спорт тараўындағы имканиятлар ҳәм жетискенлер бойынша мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда,      Кегейли районында ҳәзирги күнде  жами 164 спорт майданша ҳәм спорт заллар болып. Солардан, 2 стадион, 33 спорт зал, 112 спорт майданша, 12 Wоркоут майданша ҳәмде 5 жеке меншик футбол майдашалары менен тáмийленген.

Районда 1 спорт мектеби болып бул мектепте ҳәзирги ўақытты спорттын
17 Олимпияда (футбол, гандбол, волейбол, баскетбол, регби, стол теннис, бадминтон, жеңил атлетика,  таэквондо-WT , еркин кураш, велоспорт, бокс, юнон-рум кураши, кылышбазлық, коркем гимнастика, аӯыр атлетика, дзюдо) спорт түри, 1 миллий (миллий кураш) спорт түри ҳамде 4 басқа (Жиу-житсу, Усманов комбат системис, самбо, бел алыу хам уш гурес ) спорт түринен
137 топарларында жами 1417 (солардан 367 қыз балалар) жас өспиримлер спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте.

Бул спорт мектебинде 51 тәжрийбели тренерлер (соннан 13 тренер ҳаял-қызлар ) хызмет кѳрсетип келмекте.

2023-жылдың өткен дәуири даӯамында спорт мектептиң тәрбияланыӯшылары Өзбекстан Республикасы Чемпионатында ҳәм Кубокларында мүнәсиб қатнасып, олардан 16 дана алтын медал, 20 дана гумис медал, 33 дана бронза медал, спорттын Усманов комбат системис туринен Жахан Чемпионатында 2 дана алтын медал,
3 дана гумис медал, 2 дана бронза медал,  спорттын Жиу-житсу туринен Халкара турниринде 1 бронза медал, жәми 77 медалларды қолға киритилди.

Улыӯма орта билим бериӯ мектебинеги дене тәрбиясы сабақларына жами                    12784 оқыўшы жаслар қамтып алынған болса, сабақтан тысқары дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўшылар жәми 5244 спортшы жасларды қурайды.

 

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@kegeylirkuzofficial

 

15.08.2023 10:09:53 87