РӘСМИЙ МАҒЛЫЎМАТ

25.08.2023 18:28:41 88 Баспаға шығарыў

Социаллық тармақларда Кегейли районында салы атызларын бузып таслаў жағдайлары бойынша видеоматериал жарияланды. Бул фермер хожалығы ҳаққында төмендегилерди мәлим етемиз.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 24-февральдағы «Аўыл хожалығы егинлерин ақылға сай жайласластырыў тәртиби ҳаққында»ғы 505-санлы қарары менен районда ҳәрекеттеги фермер хожалықлары ҳәмде аўыл хожалығы карханаларына аўыл хожалығы егинлери жайластырылды.

Бунда, аўыл егинлерди жайластырыўда халқты жыл даўамында асасый түрдеги азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәмде базардағы нарҳ наўаны бир қәлипте услап турыўға итибар қаратылды.

Районымызда аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўда ең баслысы фермер хожалықлардың жөнелисине итибар қаратыў белгиленген.

Сондай-ақ, бир қанша фермер хожалықлары ҳәмде аўыл хожалығы карханалары тәрепинен 2023-жыл ҳасылы ушын режелестирилген аўыл хожалығы егинлерин контурлар кесиминде жайластырылып, хожалық баслықлары таныстырылыўына қарамастан бир қанша өз басымшалық ҳалатлары жүзеге келмекте.

Атап айтқанда, пуқара Торебаев Ыкласқа «Ақтуба» АПЖ аймағынан пахта-ғәллешиликке қәнийгелестирилген  «Ақтуба аўыл» фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын 2021-жылда улыўма жер майданы 952,9 гектар, егислик майданы 427,5 гектар жер майданы ажыратылып берилген. Район ҳәкимлиги тәрепинен 2023-жыл ҳасылы ушын 148 гектар ғәлле, 190 гектар пахта, 6 гектар сабзоват, 11 гектар картошка, 16 гектар палыз, 17 гектар соя, 17 гектар гунжи егинлери егилиў ушын миннетлеме жукленген. Бирақ, «Ақтуба аўылы» фермер хожалығы режеде белгиленбегенлигине қарамастан өз басымшалық пенен 22 гектар жер майданға салы егилгенлиги анықланды. Ал, 22,0 гектар салы майданлары ушын жәми 93 280 м3 суў сарыпланған.

 

Буннан басқа Торебаев Ыкласқа 2019-жыл «Ақтуба» АПЖ аймағында жайласқан «Ықлас Нукус»ЖШЖ не дыйханшылық жѳнелисинде ҳәрекет етиўи ушын улыума жер майданы 81,9 гектар, ал егислик майданы 41,3 гектар болған жер майданы ажыратылып берилген. Бул егислик майданларға 2023-жыл ҳасылы ушын район ҳәкимлиги тәрепинен 24 гектар ғәлле, 19 гектар майданға пахта егинлерин егиў режелестирилген. Бирақ, «Ықлас Нукус» фермер хожалығы режеде белгиленбегенлигине қарамастан өз басымшалық пенен 29 гектар жер майданға салы егилгенлиги анықланды. Жоқарыда анықланған салы майданлары ушын жами 97 520 м3 суў сарыпланған.

 Ықлас Төребаев тәрепинен шөлкемлестирлиген «Ақтуба аўыл» ҳәм «Ықлас Нукус» фермер хожалықларының егислик жер майданларынан  улыўма 51 гектар жер майданға өзбасымшалык пенен салы егилген. Ы.Төребаев 5 жылға шамалас ўақыттан берли салы егиў менен шуғылланып келген. Тилекке карсы, ол басқарып киятырған «Актуба ауыл» фермер хожалығы тәрепинен  ирригация бөлими менен 2022 ҳам 2023-жылларға суў жеткерип бериў бойныша дузилген шәртнама пуллары усы кунге шекем төленбей келгенликтен жами болып 39 771,62 мың сум қарыздарлық жузеге келген. Ал, оның басшылығындағы  екинши фермер хожалығы «Ыклас Нукус» фермер хожалығы тарепинен ирригация болими хызмети ушын 2022 ҳәм 2023-жыллар ушын шәртнама тийкарында алынған суў лимити ушын төлемлер  бугинги кунде  жами болып 15 455,89 мың сум қарыздарлықты келтирип шығармақта.

 

 

25.08.2023 18:28:41 89