ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЖЕТПИС АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

25.08.2023 16:00:39 96 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, жаслар жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– Кегейли районы ишки ислер бөлими  баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.

– Базарларда баҳалардың, тийкарынан азық-аўкат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

– Аймақларда жәмийетлик  транспортлардың өз ўақтында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў ҳәм жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

– Энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин енгизиў жумысларын жәнеде жеделлестириў илажлары ҳаққында.

– «Инсанға итибар ҳәм сыпатлы билимлендириў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққында.

– Мәҳәллелерде жаслардың дене-тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған шарт-шараятлардың аўҳалы ҳаққында.

– Мәҳәллелерде электр энергиясы  тәмийинатын жақсылаў, әсиресе электр үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасына келип түскен қаржыларды мақсетли ҳәм мәнзилли сарплаў илажлары ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының  депутатлық әдеби қағыйдаларын қайта тастыйықлаў ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

25.08.2023 16:00:39 97