Жумыссызларға бос жумыс орынлары усыныс етилди

19.08.2023 17:08:09 186 Баспаға шығарыў

Пуқаралардың пәраўан турмыс кешириўи ушын олардың бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетл  мәселе есапланады. Бул ўазыйпаны орынлаўда дәўир қаҳарманлары болған исбилерменлердиң хызметлери айрықша. Хабарыңыз бар, районда ҳәр бир мәҳәлле кесиминде “Жаслар балансы” тийкарында жаслардың социаллық жағдайы үйренилгенде, олардың тийкарғы машқаласы жумыссызлық екенлиги анықланды. Сондай-ақ, “Ҳаяллар дәптери” нде дизимде турған ҳаяллардың да көпшилиги жумысқа мүтәж. Бүгин усы дизимдеги жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде райондағы “Kegeyli tex group” ЖШЖ ҳәм “Lanko miya” Өзбек-Қытай қоспа кәрханасының имканиятлары менен танысыў ушын саяхат шөлкемлестирилди. Онда район ҳәкими А.Камалов жетекшилик көрсетип, қатнасыўшыларға кәрханалардың ишки имканиятлары, қолайлықлары ҳаққында мағлыўмат берди. Жыйналғанлар жумыс процесси менен жақыннан танысып, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

19.08.2023 17:08:09 187