Ҳәким Көз өзек пуқараларының мүрәжатын тыңлады

20.08.2023 17:06:40 60 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық , бүгин Кегейли районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Айбек Камалов Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының мүрәжаты ушын нәўбеттеги жеке қабыллаўын өткерди. Қабыллаўға қатнасқан пуқаралар жеке өзлериниң емес, бәлким, аймақта ушырасып турған машқалалар, шешимин күтип турған мәселелер бойынша мүрәжат етти. Онда орайлық ҳәм ишки көшелерди оңлаў, жап-салмаларды суў менен тәмийинлеўге әмелий жәрдем көрсетиў, ески электр бағаналарын жаңасына алмастырыў сыяқлы аймақтағы мәселелер район ҳәкимине билдирилди. Билдирилген мүрәжатларды үйренип шығыў ҳәм орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң жеке қадағалаўына алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

20.08.2023 17:06:40 61