Абаданластырыў сақшыларына ҳармасын айтылды

21.08.2023 17:03:16 88 Баспаға шығарыў

Өзбекстан  Республикасы Министрлер Кабинетиниң Бийлиги менен аймақларды абаданластырыў жумыслары көлемин және де кеңейтиў мақсетинде 30-июль- 30-август күнлери Республикамыз бойлап “Абаданластырыý aйлығы” өткерилмекте. Айлық шеңберинде райондағы барлық орынларда орайлық көшелер, имарат ҳәм ҳәўлилер әтирапы, гүзар жолдың бойларында тазалық жумыслары алып барылмақта. Әлбетте, жумысларды пәт алдырыўда районлық Абаданластырыў басқармасы жумысшыларының мийнетлери айқын көзге тасланбақта.

 

 

Олар ҳәр күни ерте таңнан районлар аралық әҳмийетке ийе болған орайлық жолларды абаданластырып, тазалығы ушын үлкен үлес қосып атыр. Бүгин район ҳәкими Айбек Камалов хызметкерлерге ҳармасын айтты ҳәм ҳәкимлик тәрепинен жайылған дәстүрхан әтирапында бир кеса чай үстинде сәўбетлесилди. Итибар ушын миннетдар болған абаданластырыў пидайылары районның абаданлығы ушын шаршамай хызмет ететуғынлығын билдирди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

21.08.2023 17:03:16 89