«Кегейли районының ығбаллы режелери» атамасында баспасөз конференциясы ɵткерилди

10.08.2023 19:55:53 165 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен «Кегейли районының ығбаллы режелери» атамасында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкими Камалов Айбек Қудабаевич, ғалаба хабар қурал ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

 

Баспасөз конференциясында район ҳәкими А.Камалов тәрепинен районда халықтың пәрәўанлағын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық жәрдемге  мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўақытларда районда киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция киргизиў, экспорт көлемин кеңейтиў ҳәм усы арқалы районның экономикалық потенциалын көтериў бойынша режелестирилген алдағы ығбаллы режелер бойынша кең түрде мағлыўмат берип өтилди.

Баянатта атап өтилгениндей, экономиканы раўажландырыўдың бирден-бир дереги бул исбилерменликти қоллап-қуўатлаў есапланады. Әлбетте, бул бағдарда имканиятлар жеткиликли, яғный, 2023-жылда районда ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ушын 37 млрд 405 млн сўмлық кредит қаржысы ажыратылған болып, соннан, усы күнге шекем 22 млрд 332 млн сўмлық кредти қаржылары исбилерменликке жөнелтирилип, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилген ҳәм әлбетте булл бағдардағы жумыслар даўам еттириледи. Сондай-ақ, 2023-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 85,9 млрд.сўм муғдарындағы 13 жойбар иске түсирилиўи ҳәм 138 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген. Усы сыяқлы районның алдағы раўажланыўы ушын әҳмийетли болған режелери ҳаққында сәўбетлесиўлер менен өткерилген конференция даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына район ҳәкиминен тийисли жуўаплар алды.

 Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

10.08.2023 19:55:53 166