ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы ҳәкимлигиниң айырым фермер хожалықларының жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша усынысы ҳаққында.

09.08.2023 09:28:18 71 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигиниң айырым фермер хожалықларыныңжер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша усынысын қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл 21-июльдағы 05-1806-санлы усынысы инабатқа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң айырым фермер хожалықларының аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланбай атырғанлығы хаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Юсупов) аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланбай қәте-кемшиликлерге жол қойып атырған усыныста аты атап өтилген фермер хожалықларының ижара шәртнамаларын бийкарлаў ямаса өзгертиў бойынша нызамшылықта белгиленген тәртипте зәрүр илажлар белгилесин.

4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясынаҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (А.Юсупов) жүкленсин.

09.08.2023 09:28:18 72