ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: 2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

09.08.2023 09:27:09 191 Баспаға шығарыў

2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар  бойыншаКегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығының есабатын тыңлап ҳәм додалап, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы Н.Акимниязовтың2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмиийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Район хәкиминиң биринши орынбасары (И.Абылбаев,), хәким орынбасарлары (А.Аманбаев, А.Торемуратов), Кегейли районы камбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы (Н.Акимниязов),пуқараларжыйынларыбасшыларыменен биргеликте;

– 2023-жылда  жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша прогноз көрсеткишлериниң ҳәр шеректе турақлы түрде орынланыўын толық тәмийинлеў;

– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша прогноз көрсеткишлериниң күнлик мониторинг системасын енгизиў;

– район аймағындағы жумыссыз пуқаралардың дизимин қайта мәҳәллебай хатлаўдан өткериў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў;

– миграция нәтийжесинде шет елден қайтып келген пуқараларды системалы түрде бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў;

– миграция бойынша шет елде жумыс ислеўди қәлеўши пуқараларды заманагөй кәсипке бағдарлаў ҳәм шет тиллерге оқытыўға көмеклесиў жумысларын шөлкемлестириў;

– жумыссыз пуқаралар, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў көлемин кеңейттириў;

– район аймағында ҳәр айда бос жумыс орынлары ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў, бунда оның сыпаты ҳәм нәтийжелилигине айрықша итибар қаратыў илажларын көриў;

– пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў;

– әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.

3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүклетилсин.

09.08.2023 09:27:09 192