ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.

09.08.2023 09:26:02 149 Баспаға шығарыў

Мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими бас инженери А.Мамбетмуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2.“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” газ тәмийнаты бөлими баслығыС.Нзановқа:

– мәҳәллелерде, аўылларда, елатлы пунктлерде тәбийғий газ тәмийнатын буннан былайда жықсылаў;

– халыққа жеткерилип берилип атырған табийғий газ жоғалтыўларын сапластырыў бойынша режелестирилген нәтийжеликти тәмийинлеў;

– тәбийғий газ жетип бармаған шетки аймақларда халықты суйылтырылған газ бенен үзликсиз тәмийинлеў;

– гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў илажларын өз мүддетинде ҳәм сыпатлы етип орынлаў;

– төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық муғдарда өндирилиўин тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатыў бойынша айқын иләжлар белгилесин;

– Усы шешимниң орынланыў барысы ҳаққында 2023 жыл 1-октябрь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариатына жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

09.08.2023 09:26:02 150