Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июльдағы «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-228-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Жоқарыдағы аты аталған Президент қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 22-июльдағы 308/12-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қоры туўралы реже тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарларды қәлиплестириў ҳәм есабын жүритиў бойынша Кегейли районы комиссиясы қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Комиссияға:
– жойбарлар пуқаралар жыйынлары кеӊеси ҳәм ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте мәҳәллелердеги жасаўшы халықтың аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларын улыўмаластырылған ҳалда қәлиплестирилсин;
– фонд қаржылары есабынан жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқаралар жыйынларыныӊ банктеги арнаўлы есап бетлерине өткерилген қаржылардыӊ мақсетли жумсалыўы үстинен ҳәр шерек жуўмағы менен мониторинг алып барсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С.Калханов)на жүклетилсин.