ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының 2023-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

09.08.2023 09:22:56 70 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими орынлаўшысы И.Жумабаевтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Мәжбүрий орынланыў бюросы Кегейли районы бөлимине (И.Хожаниязов):

– Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-ноябрдағы                     “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынланыў тәртибин жәнеде раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-6118-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгилеў;

– алимент төлемлери қарыздарлықларын өндириў нәтийжелилигин асырыў бойынша системалы ис-илажлар белгилеў ҳәм белгиленген тәртипте “Алимент төлемлери” мәмлекетлик мақсетли жамғармасы есабынан пайдаланыў;

– тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр жағдайға түсип қалған қарыздар шахслардың мәнзилли дизимин қәлиплестириў, олар менен жеке тәртипте ислесиў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў;

– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери процесси ўақтында даўлы  жағдайларды келтирип шығаратуғын себеплерди анықлаў ҳәм халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, пуқаралар жыйынлары ўәкиллери менен биргеликте оларды сапластырыў иләжларын көриў;

– район ҳәкимлиги ҳәмде тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте хатланған мал-мүлклерди саўда ярмаркаларында сатыўды шөлкемлестириў иләжларын көриў;

– мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыў процесси ўақтында нызамлылықты тәмийинлеў тапсырылсын;

– әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ҳәр ярым жылда Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясында есабат бериў көрсетип өтилсин.

3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына  жүкленсин.

09.08.2023 09:22:56 71