ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы алдынан аймақларда абаданластырыў жумысларын ен жайдырыў илажлары ҳаққында

09.08.2023 09:18:48 106 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл                             21-февральдағы  “Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында»ғы VI-67-29-13-184-K/23-санлы шешиминде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, мәҳәллелер, елатлы пунктлерди абаданластырыў, районымыздың барлық аймақларында санитариялық аўҳалды жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ, Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл 21-июльдағы 03-1805-санлы хатын инабатқа алып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жылдың август айын абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы алдынан район аймағында 2023 жылдың август айы абаданластырыў ҳәм тазалық айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша районлық исши топар қурамы
    1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Исши топар:

– мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы имаратлар, мәкеме, кәрхана имаратлары әтирапларын, көшелерди, ҳәўлилерди,   жап-салмаларды ҳәмде майданшаларды тәртипке келтириў, тереклерди ҳәклеў ҳәм путаў;

– орынларда абаданластырыў жумысларын алып барыў ўақтында жыйналып қалған шығындыларды белгиленген орынларға алып шығылыўын тәмийинлеў;

– халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын әсиресе, бағыўшысынан айырылған, кексе ҳәм нәгиранлығы болған пуқаралардың             уй-жай шараятларын жақсылаўға көмеклесиў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Райондағы барлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары:

– абаданластырыў ҳәм тазалық айлығын өткериў илажларына ислеўшилерди, пуқараларды қатнастырыўда ықтиярлықты тәмийинлесин.

– басқа түрдеги жәмийетлик жумыслар, сол катарында, қурылыс-оңлаў ҳәм аўыл хожалығы жумысларына мәжбүрлеўге қатаң жол қойылмаған ҳалда абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм жумыс орынларын тәртипке келтириў жумысларын әмелге асырсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов) Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы алдынан аймақларда абаданластырыў ҳәм тазалық айлығын жоқары дәрежеде өткериў ҳәм байрамды мүнәсип күтип алыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасарлары Қ.Атамуратов, А.Төремуратов, И.Абылбаевларға ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң тийисли турақлы комиссияларына жүкленсин.

09.08.2023 09:18:48 107