ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

09.08.2023 09:15:48 173 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-исбилермен ҳаял-қызларға ҳәмде исбилерменлик жумысын жаңадан баслап атырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

-жаңадан бизнес жумысларын басламақшы болғанжумыссыз ҳаял-қызларға керекли үскенелер алыў ушын субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыў;

-өз үй қапталы қыйтақ жерлеринде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳая-қызларды өзин-өзи бәнт етиў тайпасына киритиў ҳәмде олар салық ҳәм басқада жеңилликлерден пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г. Хожамбергенова) пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте:

ҳаял-қызларға қарсы жәбир ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў, жәбирленген ҳаял-қызларға мотивация бериў, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс қыйыншылықларын жеңиў,зәрүр жағдайларда психологлардың хызметинен пайдаланыў бойынша;

сектор басшылары ҳәмде мәпдар мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте “Ҳаяллар дәптери”н жүритиў арқалы енгизилген жаңа тәртип тийкарында ҳаял-қызлар машқалаларын системалы рәўиште ҳал қылыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

– жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин асырыў ҳәмде бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген илажлардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе ҳаял-қызларға түсиндириў, сондай-ақ “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў бойынша жумысларды муўапықластырып барсын.

– ҳаял-қызлар машқалаларын ҳал қылыў бойынша ислеп шығылған                      “Жол карта”ларының орынланыўы бойынша ҳәр айда  халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мағлыўмат киритип барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары “Ҳаяллар дәптери” не дизимге алыў ҳәм дизимнен шығарыў бойынша усыныс етилип атырған ҳаял-қызлардың социаллық жағдайларын турақлы түрде үйренип барсын ҳәмде пайда машқалалар ҳәм усыныслар бойынша гезектеги сессия мәжилислерине усыныслар киргизип барыў тапсырылсын.

5.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Г.Хожамбергеноваға ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясынажүкленсин.

09.08.2023 09:15:48 174