ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: 2023 жылдың биринши ярым жыллығында секторлар тәрепинен “Темир дәртери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

09.08.2023 09:13:20 81 Баспаға шығарыў

Сектор басшыларының 2023 жылдың биринши ярым жыллығында “Темир дәртери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм  “Жаслар дәптери” тийкарында алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Сектор басшыларының 2023 жылдың биринши ярым жыллығында аймақларда “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Сектор басшыларына Кегейли районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2023 жыл ушын мөлшерленген “Жол карта”ларда белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлеринде толық орынланыўы тәмийинленсин.
  3. Аймақларды комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың 2023 жыл ушынмөлшерленген
    “Жол карта”ларындағы ис-иләжлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиясында сектор басшылырының есабат берип барыўы белгиленсин.
  4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына “Жол картасы”ндағы белгиленген ўазыйпалардың избе-из ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е. Мухамбетов) “Жол картасы” бойыншаалып барылып атырған жумыслардыңбарысын ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылыўын тәмийинлесин.

6. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына ҳәм Кегейли районы сектор басшыларына жүкленсин.

09.08.2023 09:13:20 82