2023 жылдың I-ярым жыллығы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 1188 мүрәжат келип түскен, соннан 589 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 182 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 4 мүрәжат мәселеси тамамланған, 3 мүрәжат мәселеси бийкар етилген, 1 мүрәжат мәселеси көрместен қалдырылған, 405 мүрәжат ийесине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм 4 мүрәжат мәселеси узақ мүддетли қадағалаўға алынған.
Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 49,6 пайызды қураған.
Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 215 мүрәжаттан 125 мүрәжат (58,1%), 2-сектор бойынша жәми 316 мүрәжаттан 157 мүрәжат
(49,7%), 3-сектор бойынша жәми 294 мүрәжаттан 113 мүрәжат (38,4%), 4-сектор бойынша жәми 363 мүрәжаттан 194 мүрәжат (53,4%) пайыз қанаатландырылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы үйренип шығылғанда, айырым мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси төмен болып қалмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- 2023 жылдың I-ярым жыллығы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы қәнигеси А.Нызановтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2023 жылдың I-ярым жыллығы даўамында Кегейли районы камбагаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, Мәжбүрий орынлаў бюросы, Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
- Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;
– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.