Рәсмий мүнәсибет

25.07.2023 18:49:55 77 Баспаға шығарыў

Социаллық тармақлар арқалы “Қорақалпоғистон ёмон сигнал: Кегейлида фермерларнинг шоли майдонлары бузилияпти, ИИБ ходимлари кетмон билан далага киришган…” атамасында сын материал жәрияланды. Атап өтиў орынлы, социаллық тармақ жүргизиўшиси тәрепинен көтерилген мәселе бир тәреплеме үйренилип, мәселе толық ашып берилмеген. Сонлықтан, район ҳәкимлиги билдирилген сын мүнәсибет бойынша төмендегише рәсмий мағлыўмат береди.
Карақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2023-жыл 13-май күнги “Озбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёевтың 2023-жыл 30-март күнги Карақалпакстан Республикасына сапары бойынша өткерилген 15-санлы мәжилис баянламасы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў хаққында” ғы қарарында “Суў жетиспеўшилиги шараятында Қарақалпақстан Республикасында салы егинлерин ақылға сай жайластырыў ҳәмде азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўдиң турақлылығына ерисиў ҳәмде суўдан мақсетли ҳәм үнемли пайдаланыў ушын Мойнақ, Бозатаў ҳәм Тақтакөпир районларында салы жетистириў нәзерде тутылады” деп атап көрсетилген. Усыған тийкар, Кегейли районы аймағында фермер хожалықлары басшылары менен түсиндириў жумыслары алып барылып, фермер хожалықлары тәрепинен салы сатып алыў бойынша ҳеш бир кластер ямаса кәрхана менен өз-ара келисим шәртнамасы дүзилмеди. Сондай-ақ, Кегейли районына 2023-жыл ҳасылы ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша режеде салы өними көрсетилмеген. Усыған қарамастан, айырым фермер хожалықлары тәрепинен өзбасымшалық пенен салы егиў ҳәм режедеги егинлерди жетистириў, пуқаралардың қыйтақ жерлери ушын ажыратылған суўдан нызамсыз пайдаланыў жағдайлары ушыраспақта. Бул болса халықтың қыйтақ жерлерине суў жетип барыўы ушын кери тәсир көрсетип, аўыл халқының наразылығына, хәм суў мәселесинде мүрәжатлардың асып кетиўине себеп болып келмекте. Жағдайды сапластырыў бойынша район ҳәкимлиги, прокуратура,  сектор басшылары, аўыл хожалығы тараўы, ирригация ҳәм мелиорация бөлимлери ўәкиллериниң катнасыўында исши топар дүзилген болып, фермер хожалықларының егислик майданларында алып барылған мониторинг жумысларының нәтийжесинде видеода өз наразылығын билдирген Ийшан қала АПЖ аймағындағы “Қанат батыр” фермер хожалығы майданларына нызамсыз салы егилгенлиги анықланып, суўдың нызамсыз сарыпланыўын сапластырыў жумыслары әмелге асырылды. Усы орында атап өтиў керек, исши топар ағзалары тәрепинен ким болыўына, қайсы лаўазымында жумыс ислеўине қарамастан бир шахстың жеке материаллық мәпи ушын нызамсыз тәризде егилген салыға бағдарланған суўды жеделлик пенен сапластырса ғана бир неше жыллардан берли суў жетиспеўшилигинен кыйналып киятырған аўылларға суў жеткерип бериў имканияты жаратылады. Мағлыўмат ушын, Қанат батыр фермер хожалығы жәми 149 га майданға егин егиў белгиленген болып, соннан, 10 га гәлле, 67 га майданға пахта, 33 га гүнжи, 24 га от-жем ҳәм 14 га майданға бағ жаратыў белгиленген болып, оған жүклетилген миннетлемеде салы егини көрсетилмеген, керисинше, фермер тәрепинен өз мәпи ушын халықтың суўынан нызамсыз пайдаланыў ҳалаты анықланғанлығын мәлим етип билдиремиз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

25.07.2023 18:49:55 78