Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳаял-кызлар белсендилери, жаслар жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Хаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға исбилерменлик пенен шуғылланыўға көмеклесиў, сондай-ақ ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
– Жаслар машқалаларын шешиў, олардың таланты ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
– Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы алдынан аймақларда абаданластырыў жумысларын ен жайдырыў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының 2023-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында.
– 2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
– Мәҳәллелерде тәбиийғий газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм шетки аймақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
– Кегейли районы ҳәкимлигиниң айырым фермер хожалықларының жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша мәлимлемеси ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлем
е хызмети