ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

29.07.2023 17:14:59 139 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде;

– Хаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға исбилерменлик пенен шуғылланыўға көмеклесиў, сондай ак ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

–  Жаслар машқалаларын шешиў, олардың таланты ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

– 2023 жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында

-«Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

29.07.2023 17:14:59 140