Районда қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди

05.07.2023 17:54:09 78 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде районда қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша баспасɵз конференциясы болып ɵтти.

Онда Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрдеги «Жаӊа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыуын тәмийинлеў ҳаққында»ғы   ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында районымызда жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Ақтуба» ауыл пуқаралар жыйыны “Өтеген елаты аймағынан 10,8 гектар жер майданы ажыратылғанлығы, “Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ           25-октябрдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-408-санлы қарары ҳаққындағы қарары тийкарында районда 2022-2023-жылларда аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары аймақларында 12 объектлерде жәми 6,92 млрд.сўмлық жумысларды орынлаў, соныӊ ишинде ишки жолларды оӊлаў бойынша 7 объектлерди 2,45 млрд.сўмлық, ишимлик суў тәмийнаты бойынша 4 объектлерде 4,117 млрд.сўмлықҳәм ишки көшелерге  түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў бойынша 350,0 млн.сўмлық жумысларды алып барылғанлығы атап ɵтилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районындағы 35 км топырақ жолларды қум-щебеньли жолларға өткериў бойынша әмлеге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

05.07.2023 17:54:09 79