Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы белсендилери ҳәмде бир топар мәрипат үгит-нәсиятшыларының Өзбекстан халқына МҮРӘЖАТЫ

28.07.2023 17:42:09 367 Баспаға шығарыў

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы белсендилери ҳәмде бир топар мәрипат үгит-нәсиятшыларының Өзбекстан халқына

МҮРӘЖАТЫ

Қәдирли ўатанласлар!

    Кейинги айларда мәмлекетимизде болып өткен үлкен сиясий ўақыялар–Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясының улыўма халықлық референдумы арқалы қабыл етилгени ҳәмде мүддетинен алдын өткерилген Президент сайлаўының жоқары дәрежеде болып өткенлиги, көп миллетли, мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың Жаңа Өзбекстанды, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолында қаншелли аўызбиршиликли ҳәм татыў екенлигин және бир мәрте дәлилледи.

Бирлескен халық, бирлескен жәмийет өзиниң ерки-қәлеўи, жаратыўшаңлық қәбилети менен қандай уллы ислерди әмелге асырыўы мүмкин екенлигине әййемги ҳәм бай тарийхымыз арқалы көп мәрте гуўа болғанбыз. Елдиң күшибирликте, елдиң бахтытынышлықта”,– дейди дана халқымыз.

Ҳақыйқатында да, бирлескен елдиң алдында таўлар да бас ийеди. Бирлескен ел-халықтың тыныш, еркин ҳәм ғәрезсиз турмысы ҳеш қашан бузылмайды. Бирлескен жәмийет ҳәр қандай тосықлар, қыйыншылықлар ҳәмде сынаўлардан жарық жүз бенен өтеди, өз алдына қойған уллы мақсетлерге, әлбетте жетиседи.

Жаратқанға шексиз шүкирлер болсын, бүгүн халқымыз өз күш ҳәм имканиятларына исенип, келешекке үлкен үмит пенен қарап, бирлик ҳәм татыўлық руўхы менен жасамақта.

Бүгүнги күнде қандай тынышсыз ҳәм қәўетерли заманда жасап атырғанымызды, әлбетте, бәршемиз жақсы аңлаймыз. Турмыстың өзи алдын тарийхымызда, раўажланыў жолымызда ушыраспаған машқала ҳәм ўазыйпаларды алдымызға кескин қоймақта.

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев айтқанындай, улыўмалық ҳәм биргеликтеги мақсетлер жолында миллий бирдемлик, ҳәр бир исти илим, ақыл ҳәм мәрипат пенен, халық пенен ойласқан ҳалда әмелге асырыў, тек ғана алдыға қарап барыў бүгүнги турмысымыз ҳәм искерлигимиздиң күнделикли қағыйдасына айланыўы тийис.

Әсиресе, жас әўладымызды ең жетик илим ҳәм кәсип-өнерлер менен қуралландырып, заман менен теңдей қәдем таслайтуғын, ўатансүйиўшилик ҳәм инсаныйлық руўхында, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаў, оларды түрли жат идеялар ҳәм қәўиплерден асыраў биринши нәўбеттеги ўазыйпамызға айланбақта.

Глобал дәрежеде инсан қәлби ҳәм санасы ушын гүрес барған сайын күшейип, универсал қураллар, социаллық тармақлар, еркинлик нықабы астындағы тәрбиясызлықты үгит-нәсиятлайтуғын, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды жерге уратуғын идеялогиялық қәўип-қәтерлер ҳәм мәлимлеме топылыслары күннен-күнге артып баратырған ҳәзирги ўақытта бул ўазыйпаларды әмелге асырыў қәншелли қыйын екенлиги де бәршемизге белгили. Тилекке қарсы, экстремизм, радикализм, тәрбиясызлық, коррупция, жынаятшылық сыяқлы унамсыз иллетлер еле сүйеги қатпаған, өмир жолын анық белгилеп алмаған, зыянлы тәсирлерге берилиўшең, мәнаўий-идеялогиялық иммунитети төмен жасларымызды туўры жолдан шығарыўға урынбақта. Елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданшылығын тәмийинлеў ушын әмелге асырылып атырған халықшыл реформаларды биле тура абыройсызландырыўға, олардың мақсети ҳәм әҳмийетин надурыс талықлаўға, шаңарақлық қәдириятларды аяқ асты қылған ҳалда, илимсизлик, жаўызлық, мәнаўий наданлық көринислерин кең үгит-нәсиятлап, жоқары дәрамат алыўға умтылып атырған адамлар да арамызда жоқ емес. Бундай жағдайлар халқымызды тәшўишке салып, ҳақлы наразылығына себеп болмақта.

Әйне усындай жағдайлардың анализи ҳәм оларды сапластырыў бойынша  алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, биз – Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы белсендилери ҳәм бир топар үгит-нәсиятшылар мәмлекетимиздеги барлық ата-аналар, зыялылар, мәҳәлле, хаял-қызлар ҳәм жаслар белсендилери, ардақлы нураныйларымызға, гүллан  халқымызға мүрәжат етиўге қарар еттик.

Ҳүрметли атааналар!

Шаңарақ – жәмийеттиң ең тийкарғы ҳәм таяныш буўыны. Бул муқаддес шаңарақ қорғаны бизге ең уллы арзыў-нийетлеримизди әмелге асырыў имканиятын береди. Ҳақыйқый инсаный пазыйлетлер, алды менен, шаңарақ қушағында жетилиседи. Сол себепли, шаңарақ институтын асыраў ҳәм беккемлеў бәршемиздиң уллы инсаныйлық миннетимиз.

Бүгүнги күнде турмысымызда жүз берип атырған айрым унамсыз ҳәм қолайсыз жағдайлардың тийкары қай жерде? Алды менен, шаңарақтағы тәрбияда қәтеге жол қойылғаны, миллий қәдириятларымыздың умытылып баратырғанлығының нәтийжеси емеспе?

Өйткени, мәмлекетимиздиң ертенги тағдири ҳәм келешеги ушын жуўапкер болатуғын жаннан әзиз ул-қызларымыздың тәрбиясы ушын бәршемиз жуўапкермиз. Тәрбия мәселесинде бийпәрўа болып, бир шетте  қол қаўыстырып турыў, бул – Ўатанға, келешекке қыянет.

Фитраттың “Ҳәр бир миллеттиң кѳрки ҳәм кәмиллиги, әлбетте, сол халықтың мәнаўий-руўхый қүдирети, ишки тәртип-интизамы, аўызбиршилигине байланыслы. Қай жерде шаңарақ мүнәсибети күшли интизамға таянса, мәмлекет ҳәм миллет  сонша күшли ҳәм уллы болады” деген сөзлери ҳәзирги күнимиз ушын да оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳеш қашан умытпаўымыз керек, перзентлеримиздиң ертең ким болып жетилисиўи бүгин оларға шаңарақта қандай тәрбия берип атырғанлығымыз, олардың қәлбин, санасын нелер менен толтырып атырғанмызға байланыслы. Егер, ул-қызларымызды ҳәзирден баслап илимге, өнерге, мийнетке, әдеп-икрамлылық ҳәм мәдениятқа үйретсек, олардың кеўлинде ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерди сиңдирсек, әўладларымыздың бахытлы жасаўына беккем тийкар қурған боламыз. Егерде бийпарўалық пенен олардың тәрбиясын өз ҳалына таслап қойсақ, қәлбин, санасын мобиль байланыс ҳәм Интернет тармақларындағы түрли зыянлы ҳәм керексиз “вирус”ларға жем қылып берсек, келешегимизди, перзентлеримиздиң өмирин өз қолымыз пенен жоқ еткен боламыз.

Перзентлеримиз не менен шуғылланып атырғанлығы, кимлер менен дос болып, байланыс орнатып атырғанлығына бийпарўа болмайық. Қаншелли қыйын болса да, олардың социаллық тармақларда нелер менен шуғылланып атырғанлығын бақлап барайық, бул жер олар ушын қәўип емес, бахыт дереги болып хызмет қылыўы ушын зәрүр илажларды излеп табайық. Инсан өз баласының бахты, келешеги ушын нелер ислемейди? Бирақ тек ғана шеклеў, жазалаў менен емес, тәсиршең тәрбия усыллары, ақыл ҳәм билим менен, бақша, мектеп, жоқары оқыў орны, мәҳәлле жәмәәтшилиги, ҳуқық-қорғаў уйымлары хызметкерлери, диний уламалар менен биргеликте жумыс алып барсақ, әлбетте жақсы нәтийже болады.

Перзентлеримизди мийнетке, илимге, өнерге үйретиў, оларды сақый, бир-бирине меҳрибан, қайыр-сақаўатлы сыяқлы қәдириятларымыз руўхында тәрбиялаў, әтирап-орталықты қорғаў, ана тәбиятты жақсы көриў ҳәм асыраў, келешек әўладларға сап халында жеткериў, ата-ана сыпатында барлығымыздың   миннетли ўазыйпамыз екенлигин умытпайық!

Журтбасшымыз айтқанындай, “Тәрбияда тәнепис болмайды”, Жоқары мәнаўий кәмилликке үзликсиз билимлендириў ҳәм тәрбияның тығыз байланыслылығы арқалы ерисиледи. Шаңарақтағы тәрбия, жәмийеттеги жүрис-турыс, қарым-қатнас мәденияты, сәлемлесиў ҳәм кийиниў әдеби, инсаныйлық пазыйлетлерди қәлиплестриўде ең әўели өзимиз өрнек болайық.

Перзентлеримизде, әсиресе, балалығынан баслап китапқа қызығыўшылық оятыў жүдә әҳмийетли. Буның ушын шаңарақларымызда киши китапханалар шөлкемлестирип, олар менен бирге кино ҳәм театрларға, музейлерге, тарийхый қалаларымыз бойлап саяхатларға барып перзентлеримиз қәлбине жақсы сезимлерди сиңдирейик. Ул-қызларымыз бенен теңлеслериндей болып сәўбетлесип, қызығыўшылық ҳәм умтылысларын раўажландырыўға, руўхый дүньясын қәлиплестириўге итибар берейик. Бүгин перзентлеримизге ажыратқан ўақтымыз, итибарымыз келешекте шаңарағымыз ҳәм жәмийетимизге ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайтуғын инсаный ресурс ҳәм капитал болып қайтады.

Қәдирли зыялылар, ҳүрметли устазлар!

Сизлер – жәмийеттиң ең алдынғы, билимли ҳәм раўажланған жәмийеттиң мәрипатлы қатламын қурайсыз.

Сизлер Ўатан ҳәм халық алдындағы пуқаралық миннет ҳәм ўазыйпаңызды басқаларға қарағанда тереңирек аңлап, өз илимиңиз, мәдениятыңыз, руўхый дәрежеңиз бенен миллионлап ўатанласларымызға үлги инсанларсыз.

Сол себепли, сизлердиң сөзиңиз инсанлар қәлбине  тезирек жетип барады, үдгили ислериңиз ел-журт арасында өрнек болады.

Жаңа Өзбекстанда жаңа мәдений ҳәм мәнаўий орынлар жаратыў, халқымыз, әсиресе, жас әўладымыз санасын, дүнья қарасын алдымызға қойылып атырған заманагөй идеялар тийкарында қәлиплестириўде сизлердиң орныңыз ҳәм тәсириңиз жүдә үлкен.

Ел-журтымыз сизлерден бүгинги дәўирдиң пүткил қарама-қарсылықлары ҳәм қыйыншылықлары, оларды шешиў жоллары анық ашып берилген, заманласларымыздың мәнаўий келбети тәсиршең сәўлелендирилген илимий ҳәм әдебий шығармалар, музыкалы, сүўретли полотнолар, заманагөй инновацион идеялар, педагогикалық технологияларды турмысқа ен жайдырыў бойынша әмелий-методикалық қолланбалар жаратыўыңызды күтпекте.

Ҳәзиргидей медиа мәканда мәдениятсызлық, тәрбиясызлық көринислери билип-билмей үгит-нәсиятланып атырған бир  ўақытта, оларға қарсы бирлесейик, халқымызға бундай мәнаўий қәўиплер артында ғәрезли мақсетлер жасырынғаны, олар қандай аўыр ҳәм унамсыз ақыбетлерге алып келиўин түсиндирейик.

“Демократия”, “пикир еркинлиги”, “ашықлық” принциплерин нықаб  етип, халқымыздың мың жыллар даўамында көз қарашығындай асырап келген қәдириятларының бийкарланыўына, жәмийет турмысының түпкил ѳзгериўине ҳеш қашан жол қоймайық.

Зыялылар мәмлекет ҳәм халық арасындағы мүнәсибетлерди жәнеде беккемлеўде өзине тән көпир ўазыйпасын атқарады. Алып барылып атырған үгит-нәсият жумысларымыз ўатанласларымыз, ең әўели жасларымызда  жоқары ўатансүйиўшилик, аўызбиршилик, ар-намыс сезимлерин оятыўға және де нәтийжели хызмет етсин.

Бул бойынша ескирген, зеригерли ҳәм нәтийжесиз усыллардан ўаз кешип, ҳәр бир ушырасыўды тәсиршең, дәстүрий емес ҳәм анық нәтийжеге хызмет ететуғын жаңаша усыллар тийкарында өткериўге хәрекет етейик!

Интернет тармағы арқалы тарқатылып атырған бузғыншы идеялар, ғәрезли мәлимлемелер, адамгешилик зийнети болған әдеп-икрамымыз, мәнаўиятымызға кери тәсир ететуғын бузғыншы акциялар, жасларды зулымлыққа баслайтуғын жеркенишли көринис ҳәм медиа өнимлер мәнисин кескин әшкаралап, ақты – ақ, қараны – қара, деп, шын ҳақыйқаттың күшин ел-журтымызға биз көрсетпесек, өзиңиз айтың, ким көрсетеди?!

Биз усы жолда бәршеңизди және де белсенди болыўға шақырамыз. Ҳеш қашан умытпайық, мәнаўий гүреслер майданында тек ғана үлкен ғайрат пенен ҳәрекет етип, алдыға умтылған жәмийет ғана мақсетине ериседи.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Исбилерменлер ҳәмийше, барлық заманларда жаратыўшы, қурыўшы, сақаўатлы күш пенен бирге, мәнаўият, мәденият майданының ўәкиллери сыпатында да жумыс алып барған. Арзымаған, өткинши, жеке пайдасын ғана гөзлеп, миллетиниң мәнаўий тамырына балта уратуғын өнимлерди ҳеш қашан елимизге келтирмеген. Саўда тараўында ҳарам жоллардан жүрмеген, өзгелердиң ҳақысына қыянет ислемеген. Ҳәр бир исти инсап, ҳадаллық, халық разылығы тийкарында алып барған. Бүгин биз сизиң тымсалыңызда әне сондай ҳүжданы пәк, Ўатанына, халқына садық Жаңа Өзбекстан жаратыўшыларын көремиз.

Халқымыз ҳәмийше изленип, жаңалыққа умтылып жасайтуғын жанкүйер исбилерменлерди, өз жумысына пидайы ҳәм ўатансүйиўши инсанлары  деп биледи ҳәм қәдирлейди.

Бүгинги күнде өмиримизде  “исбилермен мәнаўияты” деген түсиник пайда болмақта.  Тийкарынан мәнаўият мийзанларына әмел қылған исбилерменлеримиз халқымыздың жақсы дуўаларына мияссар болмақта.

Исенимимиз кәмил, сизлер халқымыздың әне усындай жоқары баҳасына ҳәмийше мүнәсип болып, жәмийетимиз турмысына жаңа  мәнаўий нәпес алып киресиз, әзелден пәклик,  инсап ҳәм дыянет принциплерине тийкарланған  исбилерменлик қатламы  дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип, жәнеде жоқары басқышқа көтересиз.

Әзиз мәҳәлле белсендилери!

 Мәҳәлле әййемнен тынышлық, аўызбиршилик, мәрипат ҳәм тәрбия ошағы болып келген. Мәҳәлле биз ушын Ўатан ишинде кишкене Ўатан болып есапланады!

Бүгинги күнде мәҳәлле адамлар ортасында меҳир-ақыбет принциплерин тәмийинлейтуғын, миллий қәдириятларымызды беккемлейтуғын өзине тән формасы, ҳақыйқый халық ҳүжданына айланып баратырғаны әлбетте бәршемизди қуўандырады.

Әйне ўақытта, бүгинги өзгериўшең дәўир мәҳәлле системасы алдына да әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Әне усындай қурамалы заманда миллий қәдириятларымыз тийкарында жәнеде бирлесип, мәҳәллелеримизди түрли иллетлер, мәнаўий қәўиплерден узақ туратуғын уллы пазыйлетлер мәканына айландырайық.

Бүгин ҳәр бир мәҳәлледе руўхый-ағартыўшылық, тәрбиялық жумысларға жуўапкер қәнигелер бекитилген. Бул тараўда хызметке таяр  турған нураный аталарымыз ҳәм аналарымыз қатары кеңейип бармақта. Олардың турмыслық билим ҳәм тәжрийбелери, алтынға тең нәсиятларынан, жоқары социаллық абырайынан шаңарақлық қәдириятларды беккемлеўде кең пайдаланайық.

Халқымыз даналығының жоқары үлгиси болған “Бир балаға жети мәҳәлле – ата-ана” деген нақылға сүйенген ҳалда, мәҳәлледеги ҳәр бир баланың тәрбиясы ушын өзимизди жуўапкер деп билейик!

Әзиз жасларымыз!

Ўатанымыз жаңа Өзбекстанды ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўда, халқымыз сизлерге таянады.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратылып атырған шараят ҳәм имканиятлардан үнемли пайдаланың.

Мәмлекетимиз келешеги сизлердиң қолыңызда. Жаңа Өзбекстанды сизлер дүньяға танытасыз. Буған ҳәмийше мүнәсип болың!

Жаслыққа тән жигер, ғайрат, күш-қуўат ҳәм мәртлик ҳәм исбилерменлик, келешек арзыў- нийетлерге умтылыўларды әмелий ҳәрекетке айландырып, салмақлы нәтийжелерге ерисиў ушын өз алдыңызға анық мақсетлер қойып жасаўдан ҳеш шаршамаң.

Ўатанды сүйип, халқымызға садықлық пенен хызмет қылыўда ағартыўшы, жәдид уламаларымыздың даңқлы дәстүрлерин ардақлап, оларды мүнәсип даўам етиң.

Тәлим-тәрбия, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти үйрениўде, заманагөй кәсип-өнерлер, санлы экономикалық көнликпелерди  пуқта ийелеп, дүнья майданындағы бәсекиде шет елдеги теңлеслериңизден ҳеш қашан кем емеслигиңизди әмелде дәлиллең. Сиз буған ҳәр тәреплеме ылайықсыз.

Жат идеялар, бузғыншы идеологиялар дузағынан ҳәмийше сергек болың!

Ҳеш қашан умытпаң, Сиз – халқымыз үмит ҳәм исеним менен көз тиккен келешек қурыўшыларысыз.

Әзиз ўатанласлар! Бүгинги күнде халқымызды уллы мақсетлер қарай баслап баратырған күш-ғайратлы Президентимиз әтирапында, муқәддес Ўатанымыз байрағы астында қүдиретли халық болып және де бирлесейик. Биргеликте үлкен шоққыларды ийелейик. Мәрипатлы ҳәм абадан жәмийет қурыўдай уллы мақсет жолында ҳеш қашан шаршамайық. Жаңа Өзбекстанды пайда етиў ҳәр биримиздиң муқәддес мақсетимизге айлансын!

 

 

 

 

28.07.2023 17:42:09 368