ЖЕР БОЙЫНША ПӘРМАН

28.07.2023 15:48:07 183 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашықлықты тәмийнлеӯ, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаӯ ҳәм оларды базар активине айландырыӯ ис-иләжлары ҳаққында” 2021-жыл 08-июнь күни ПФ-6243-санлы Пәрманы қабыл етилди.

1.Пәрманның мақсети.

Жер участкаларын ажыратыӯдың бәрше ушын тең, ашықлық ҳәм базар бағдарларына тийкарланған тәртибин әмелиятқа киритиӯ, жерге байланыслы мүлкий ҳәм ҳуқықый қатнасықлардың турақлылығын тәмийнлеӯ, жерлерди қорғаӯ, жер ийелериниң мүлкий ҳуқықларын қамсызландырыӯ, сондай-ақ, жердиң экономикалық қунын белгилеӯ арқалы оны пуқаралық ҳуқықый айланысының объекти сыпатында еркин қатнасыққа киритиӯ есапланады.

2.Пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийети.

Пәрманға көре, 2021-жыл 1-август күнинен баслап:

жер участкалары жеке секторға – мүлк ҳәм ижәра тийкарында ажыратылады;

жер участкалары мәмлекетлик уйымларына турақлы пайдаланыӯ ҳуқықы тийкарында ажыратылады.

мийрас етип қалдырылған өмирлик ийелик, турақлы ийелик, ӯақтынша пайдаланыӯ ҳуқықы менен жер ажыратыӯ тәртиби бийкар етиледи;

(бунда алдын ажыратылған жер участкаларына болған ҳуқықлар сақланып қалады)

ижәраға алынған жер участкасындағы көшпес мүлк басқа шахсқа өткен жағдайда, жер участкасына ижәра ҳуқықыда жаңа мүлкдарға өтеди;

аӯыл хожалығына мөлшерленген жерлер ашық электрон таңлаӯ арқалы тек ижәра ҳуқықы тийкарында ажыратылады;

аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация қылынады;

бәрше жағдайларда жер участкалары тек бос турған ҳәм захираға алынған жерлерден ажыратылады;

(бир ҳүжжет пенен яки бир ӯақытта жер участкасын алып қойыӯ, захираға алыӯ, басқа шахсқа ажыратыӯ жер бериӯ тәртибин бузыӯ есапланады)

мәмлекетлик-жеке шериклик жойбарлары ҳәм социаллық жойбарларын әмелге асырыӯда жер участкалары мәмлекетлик уйымына турақлы пайдаланыӯ хуқықы менен ажыратылады;

(усы жерлер жеке шерик, мәмлекетлик емес коммерциялық емес уйымы ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларына ижәраға берилиӯи мүмкин)

Көп квартиралы үй жайласқан ҳәм оған тутас жер участкасы мүлк ийелерине улыӯма пайдаланыӯ ушын турақлы пайдаланыӯ ҳуқықы тийкарында ажыратылатуғынлығы белгиленген.

2021-жыл 1-август күнинен баслап Министрлер Кабинети тек ғана төмендеги жағдайларда жер участкаларын туӯрыдан-туӯры ижәраға бериӯге ҳақылы:

мәмлектлик илмий-изертлеӯ ҳәм тәлим шөлкемлерине – Аӯыл хожалығы министрлигиниң усынысына тийкар;

агросанаат кластерлерине – жер участкасы норматив қунының еки есеси муғдарындағы пул қәрежети депозитине қойылғанда, Аӯыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ӯәлаят хәкиминиң усынысына тийкар;

ең жақсы усыснысты таңлаӯ арқалы анықланатуғын, қуны кеминде
10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде (жер майданы көлемине көре артып барады) болған ири инвестиция жойбарын әмелге асырыӯ ушын – жойбар қунының кеминде 10 пайызына тең қәрежет алдыннан арнаӯлы есап бетине жайластырылғанда;

шет ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, халық аралық бирлеспелер ҳам шөлкемлерге, шет еллик юридикалық ҳәм физикалық шахсларға – ижәраға алыӯ ҳуқықын алғанлық ушын базар қунында ҳақ төлеген жағдайда (халық ара бирлеспелер ҳәм шөлкемлеринен тысқары).

Жер ҳаққындағы нызам бузылыӯы жағдайларының ертерек анықлаӯ ҳәм олардың алдын алыӯға қаратылған искерлигин муӯапықластырыӯ бойынша Республика кеңеси ҳәм орынларда аймақлық кеңеслер шөлкемлестирилди (жумысшы уйым – прокуратура).

Кадастр уйымлары жерден мақсетсиз пайдаланыӯы анықланғанда усы жерге болған ҳуқықты бийкар етиӯ, нызамсыз қурылған имәратларды сапластырыӯ жүзесинен туӯрыдан-туӯры судқа мүрәжаат етиӯи мүмкинлиги белгиленген.

Пәрманға көре, 2021-жыл 1-август күнинен баслап хәкимлердиң жерге байланыслы төмендеги ӯәкилликлери бийкар етиледи:

жерди туӯрыдан-туӯры ажыратыӯ, пайдаланыӯға бериӯ, захиралаӯ, бириктириӯ, абаданластырыӯ ушын бериӯ яки жерлерди басқаша жол менен ийелеӯ;

район ҳәм қала хәкимлери тәрепинен жерге болған ҳуқықларды белгилеӯ, тән алыӯ, өзгертириӯ, бийкар етиӯ;

суӯғарылатуғын жерлерди суӯғарылмайтуғын жерлер тайпасына яки басқа жер тайпасына, суӯғарылмайтуғын аӯыл хожалығы жерлерин басқа жер тайпасына өткериӯ;

бағдаршылық, жүзимшилик ҳәм палызшылығы ҳәмде жәрдемши аӯыл хожалығын жүритиӯ ушын жер бериӯ;

меншиклестирилетуғын жерге қарата инвестиция мәжбүриятлары яки жеке мүлкти еркин ийелеӯди шеклейтуғын басқа мәжбүриятларды белгилеӯ нәзерде тутылған;

2021-жыл 1-август күнинен нызамшылық ҳүжжетлерине белгиленген басқаша тәртипте жер участкаларын ажыратыӯды нәзерде тутыӯшы бәрше тәртиплер, жеңиллик ҳәм кери жағдайлар толық бийкар етилетуғынлығы белгиленген ҳәмде мәмлекетлик хәкимият уйымларының жер участкаларына туӯрыдан-туӯры ажыратыӯ яки басқаша тәризде жеңиллик ҳәм кери жағдайлар белгилеӯ басламасы менен шығыӯ қадаған етилетуғынлығы белгиленген.

 

 

Шымбай районлар аралық

Экономикалық судының баслығы                                             

З.Бердимуратов

28.07.2023 15:48:07 184