Бүгин «Жылўан жап» мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары ўәкиллери жыйналысы болып өтти.
Мәжилисте пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендилериниң пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелерине байланыслы есабатлары тыңланды.
Мәжилис ашық-айдын, пикирлесиўлер тәризинде өткерилди. Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди