ЕСАБАТЛАР ТЫҢЛАНБАҚТА

24.07.2023 15:22:45 76 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы 19-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжилислер залында «Қуяшлы» мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары ўәкиллери жыйналысы болып өтти. Мәжилисте пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелерине байланыслы есабатлары тыңланды.
Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди. Буннан соң Халық депутатлары районлық Кеңесине аймақтан сайланған депуттың қабыллаўы шөлкемлестирилди. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен социал, медицина ҳамде басқа да тараўлар бойынша мүражатлар келип түсти. Келип түскен мүражатлар бойынша депутат тәрепинен тийисли уйымларға депутат сораўы менен шығатуғынлығын мәлим етти.

24.07.2023 15:22:45 77