ЕСАБАТЛАР ТЫҢЛАНБАҚТА

22.07.2023 18:29:37 119 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжилислер залында «Абат мәкән» мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары ўәкиллери жыйналысы болып өтти.

Мәжилисте пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, аймақтағы профилактика инспекторы, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелерине байланыслы есабатлары тыңланды.

Есабат дәўиринде аймақта Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарына муўапық мәҳәлледеги М.Жуманазаров 1,2,3,4,5,6, Бердимуратов, Т.Сейтов, Аметов ҳәм Дилманов көшелериниң ишки жоллары өнланып сыпатлы етип пайдаланыўға тапсырылған ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарарына тийкар аймақтағы 56 шаңарақтың жайларының төбелери шиферланып берилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министирлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттагы «Хаял-қызлар машкалаларын  үйрениў ҳәм шешиў системасын жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққындағы» 145-санлы қарарына тийкар аймақтағы 30-55 жас аралығындағы ҳаял-қызлардың шаңарағына үйме-үй жүрип сораўнамалар толтырылған. Социаллық қорғаўға мүтаж Ҳаял-кызларды «Хаяллар даптери»ниң 4-басқышына 113-ҳаял-қыз дизимге алынған.

Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди

.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

Каналға ағза болыў: @kegeylirkuzofficial

 

22.07.2023 18:29:37 120