СУД МАЖЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

21.07.2023 19:01:41 211 Баспаға шығарыў

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ аймағындағы 4-санлы мектеп имаратында көшпели суд мәжилиси өткерилди

Көшпели суд мәжлисинде жәми 30 түрдеги ҳәр түрдеги жынайый ҳам ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислери көрип шығылып солардан Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 176 статьясында нәзерде тутылған (автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланыў) ҳуқықбузарлығын ислеген 17 пуқараға қарата топланған ҳәкимшилик материаллары, ҳәмде Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясында транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарғанлығы ушын 7 пуқараға ҳәкимшилик жуӯапкершилик иси көрип шығылды.Сондай-ақ, Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған төрт шахстың жаза өтеў дәўиринде ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болып, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы ушын район суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73 ҳәм 72-статьясына тийкар жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.
Соның менен бирге Кегейли районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими, профилактика инспекторлары тәрепинен Кегейли районы аймағында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын иркилип, қарсысына ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, судқа өткерилген 2 пуқараға, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 183 ҳәм 194-статьяларына тийкар 3 сутка ҳәм 5 сутка ҳәкимшилик қамақ жазалары тайынланды.
Суд мәжилиси соңында қатнасқан пуқараларға, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислемеў, ҳәр түрдеги жынаятлардың алдын алыў бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

21.07.2023 19:01:41 212