СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

21.07.2023 10:16:32 111 Баспаға шығарыў

2023-жылдың 1-июль ҳалатына  Кегейли районы аймағында 1565 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери  894 ти  қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны  704 субъект болып,  соннан  172 субъект   жыл басынан жаңадан ашылып  бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 139, қурылыс кәрханалари саны 68, саўда кәрханалари саны 233, ҳәмде ҳ.т.б 222 кәрханалардан ибарат.

2023 жылдың 1-июль халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 1сыртқы саўда айланбасы  3470,9 мын. АҚШ доллар курайды.

 

         Кегейли районы статистика бөлими.

 

 

 

 

21.07.2023 10:16:32 112