КЕГЕЙЛИДЕ ЖУЎАПКЕРЛЕРДИҢ ЕСАБАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ.

18.07.2023 20:56:42 124 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында райондағы «Маденият» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелер жүзесинен есабатлары тыңланды.

Мәжилисте баянатгылар тәрепинен бир қатар жөнелислерде унамлы нәтийжелерге ерисилгенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда есабат дәўиринде аймақта экология ҳәм әтирап орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша шаңарақларға 2427 дана мийўели 657 түп қәлемше нәллери, 110 түп алма, 90 түп ерик нәли, 95 түп шийе, 60 қуты памидор нәли, 200 түп декоратив нәллер шаңарақларға тарқатылған.

«Ҳаяллар дәптери»не 114 ҳаял-қыз дизимге алынып, соннан жумыссыз 91 ҳаял-қыз анықланған.

Жәми 58 ҳаял-қыз исбиларменлик орайы есабынан кәсипке оқытылып, соннан тигиўшилик бойынша 40 ҳаял-қыз, аспазлық бойынша 18 ҳаял-кыз касипке оқытылды. Нагиранлығы болған 3 ҳаялға 1320 сумнан бир мәртелик напақа пулы пластик карталарына салып берилген, 25 ҳаял-кыз ҳәзирги ўақытта мәўсимли жумысларға тартылған.

Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

18.07.2023 20:56:42 125