ЖУЎАПКЕРЛЕРДИҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ.

17.07.2023 19:30:09 140 Баспаға шығарыў

#Бүгин

Кегейли районы “Гүжим терек” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы мәкемелердиң 2023-жыл 6 айы даўамында исленген жумыслары бойынша есабатын тыңлаў мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте шығып сөйлеўшилер тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Аймақта 1 улыўма билим бериў мектеби, 2-санлы кәсип-өнер мектеби, 69-санлы көп  тармақлы поликлиника, Кегейли “Махсуспудрат”  ЖШЖ, хәр қыйлы тараўлар бойынша 16 халыққа хызмет көрсетиў орайлары жайласқан.

Халықтың бәнтлигин тәминлеў ҳәм дәрамадин асырыў бойынша есабат дәўиринде “Шаңарақлық исбилерменликти раӯажландырыӯ” Бағдарламасы шеңберинде 81 пуқараға 977,5 млн. сўмлық, кредит қаржылары ажратылған.

Соннан: “Ҳәяллар дәптери”и дизиминде турыўшы 36 пуқараға 208,0 млн.сўмлык, “Жаслар даптери” дизиминде турыўшы 2 пуқараға 53,0 млн.сўмлык кредит каржылары ажратылған.

Кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыўға 23 пуқаралар жиберилип, “Ишга марҳамат” моноорайлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес тәлим орайларында оқытылған.

Мәжилис соңында күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

 

17.07.2023 19:30:09 141