ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен депутатлық әдеби қағыйдаларына әмел қылыў аўҳалы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген “депутат сораўы”ның нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында.

11.07.2023 09:10:09 160 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен депутатлық әдеби қағыйдаларына әмел қылыў аўҳалы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген “депутат сораўы”ның нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен депутатлық әдеби қағыйдаларына әмел қылыў аўҳалы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген “депутат сораўы”ның нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң секретариат баслығы У.Утегеновтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым депутатлары тәрепинен “Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талаплары тийкарында өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына:

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары өзлериниң искерлигинде депутатлық әдеби қағыйдаларына қатаң әмел қылыў;

– өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша алып барып атырған жумысларының буннан былайда нәтийжелилигине ерисиў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-иләжлар белгилесин;

– 2023 жылдың биринши ярым жыллығында депутатлық ўәкилликлерине байланыслы әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында усы жылдың июль айында тастыйықланған кесте тийкарында орынларда өз округ сайлаўшылары алдында есабат бериўге миннетленсин;

  • депутатлық искерлиги бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.
  • усы шешимниң орынланыў барысы туўралы әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында хәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлык Кеңеси секретариатына жазба түрде мәлимлеме берип барсын.
  1. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органлары басшыларына депутатлар тәрепинен тараўға тийисли мәселелер бойынша киритилип атырған “депутат сораўы”на тийкарланған жуўапты нызамшылықта белгиленген мүддеттен кешиктирмей жибериўге миннетленсин.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Регламент ҳәм депутатлык әдеби мәелелелери турақлы комиссиясына жүкленсин.
11.07.2023 09:10:09 161