ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы салық инспекциясы баслығыныӊ 2023 жылдың биринши ярым жыллығында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

11.07.2023 09:08:10 164 Баспаға шығарыў

Кегейли районы салық инспекциясы баслығыныӊ
2023 жылдың биринши ярым жыллығында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы салық инспекциясы баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы
    М.Асаматдиновтың 2023 жылдың биринши ярым жыллығында жергиликли бюджет дәраматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2.         Кегейли районы салық инспекциясы (М.Асаматдинов):

– Кегейли районының 2023 жыл жергиликли бюджетиниң дәраматлар бөлегиниң режедеги белгиленген прогноз кѳрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;

– қосымша резервлерди излеп табыў, салық қарыздарлығының топланып қалыўына жол қоймаў, қарыздарлықты кемейттириў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– пул қаржыларының банктен тысқары айланысының, сондай-ақ хызметлер көлеми ҳәм товар айланысы көлемин жасырыў сыяқлы жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы түрде мониторинг алып барсын;

– салық сиясатындағы өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында орынларда түсиндириў жумысларын кеңнен ен жайдырсын;

– жергиликли бюджет дараматларының орынланыў жағдайы, қосымша резервлерди анықлаў бойынша исленген жумыслар, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер кесиминде бюджетке есапланған ҳәм әмелде өндирилген, сондай-ақ, салық қарыздарлығы бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы ҳәр шеректе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүклетилсин.
11.07.2023 09:08:10 165