ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығының 2023-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.

11.07.2023 08:58:08 186 Баспаға шығарыў

Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығының 2023-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығының биринши орынбасары А.Адилбаевтың 2023-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2.Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими (Дж.Ибрагимов):

– район жергиликли бюджетиниң шығынлар бөлегиниң белгиленген тәртипте ҳәр шеректе орынланыўын тәмийинлеў;

– жергиликли бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўына жол қоймаў;

– жергиликли бюджеттиң артық орынланыўы нәтийжесинде еркин қалдық есабынан белгиленген тәртипте мақсетли пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

– жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы, қосымша дереклерден пайдаланыў жөнелислери, жергиликли бюджет дараматларын асырыўдың анықланған резервлери туўралы ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында есабат берип барыўға миннетленсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүклетилсин.

 

11.07.2023 08:58:08 187