Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2023-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы прокуратурасының нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2023-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында алып барылған жумыслары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаевқа:
– район аймағында нызамлылықты тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оған қарсы гүресиўди шөлкемлестириў;
– киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға тийис Президент пәрманлары, ҳүкимет қарарларының орынланыўын қадағалаўды күшейттириў;
– инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў, социаллық тараўда кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, ден-саўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўында нызам ҳүжжетлери талапларының орынланыўы үстинен прокурор қадағалаўы нәтийжелилиги ҳәм сыпатын арттырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.