ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жылдың биринши ярым жыллығында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийис жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

11.07.2023 08:52:58 79 Баспаға шығарыў

Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жыл биринши ярым жыллығында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Бекмуратованың 2023-жылдың биринши ярым жыллығында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды (Р.Бекмуратова) жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўде профилактикалық ис-илажлар ролин жаңа басқышқа көтериў, әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған иләжларды белгилесин.
  3. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында додаланыўын шөлкемлестириў, судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип барсын.

 

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:

– жынаятшылықтың алдын алыў, әсиресе жол-транспорт ҳадийселериниң алдын алыў мақсетинде мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.

– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шарт-шараят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барсын;

– жүз берген жынаятлардың басым көпшилиги жумыссыз пуқаралар тәрепинен келип шығыўына байланыслы өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәмбағаллықты қысқарттырыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен биргеликте жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ис-илажлар белгилесин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша» турақлы комиссиясына жүкленсин.
11.07.2023 08:52:58 80