Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жылдың биринши ярым жыллығында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ мәкемелер, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға тийис жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Халықтың ден саўлығын сақлаў ҳәм кепилленген бийпул медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
– Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығының
2023-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.
– Кегейли районлық салық инспекциясы баслығыныӊ 2023 жылдың биринши ярым жыллығында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
– Аўылларда ҳәм мәҳәллелерде халықты ишимлик суўы менен тәминлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм оларды жақсылаў илажлары ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен депутатлық әдеби қағыйдаларына әмел қылыў аўҳалы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген “депутат сораўы”ның нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети