ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында

24.06.2023 10:41:23 201 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы                   “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған  жумыслары ҳаққындағы мәселени шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған  жумыслары ҳаққында район ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторы баслығы К.Абдиразақованың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Төремуратов), Балалар мәселелери бойынша районлық комиссиясына:

– тийисли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте балалардың,  әсиресе                   ата-анасының қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларды тәрбиялаў, олардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, жасаў ҳәм билим алыўы ушын жаратылған шараятларды жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажларды жәнеде жеделлестириў;

– ата-анасының қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларға талим-тәрбия бериў, олардың илим-пән, мәлимлеме технологияларын, шет тиллерди өзлестириўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўларын шөлкемлестириў, мәденият ҳәм көркем-онерге қызығыўшылықларын арттырыў;

– «Меҳир дәптери»не киритилген балаларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде турақ жайға мүтәж жасларға турақ-жайлар ажыратыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша тибар қаратыў;

 

– ишки ислер бөлими менен биргеликте жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық, қараўсызлық, ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқада унамсыз                            ис-ҳәркетлердиң алдын алыў, оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды анықлаў ҳәмде сапластырыў;

– районлық медицина бирлеспеси менен биргеликте спиртли ишимликлер, нәшебентлик затлар, психотроп ямаса ақыл-санасына унамсыз тәсир етиўши басқа затларды турақлы түрде қабыл етип жүрген балаларды емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациялаў, балаларға сапалы медициналық жәрдем көрсетиў;

– мектепке шекемги ҳәм мектеб билимлендриў бөлими менен биргеликте мектепке шекемги жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен басқышпа-басқыш толық қамтып алыў, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың балаларын белгиленген жеңилликлер тийкарында тәрбияланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары өзлери сайланған аймақта балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын алып барсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), Кегейли турмысы газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, билим алыўы ушын жаратылған шараятларды жақсылаў бағдарында алып барылып атырған илажларды ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Төремуртовқа, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.

 

 

24.06.2023 10:41:23 202