ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023-жыл 13-марттағы “Кегейли районы аймағынан «Жасыл бағ»лар жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы VI-68-34-13-184-K/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.

24.06.2023 10:32:34 85 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көкелемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды  жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-46-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 27-сентябрьдеги «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў илажлары ҳаққында”ғы                      529-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл                      15-июньдағы 01-1619/01-санлы хатын инабатқа алып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл 15-июньдағы 01-1619/01- санлы хаты инабатқа алынсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 13-марттағы VI-68-34-13-184-K/23-санлы шешиминиң 2-бәнтине төмендегише өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилсин:

Кегейли районы ҳәкимлигиниң “Қумшунгил” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7858ч-7859ч контурларда жайласқан 3,0 гектар жер майданында «Жасыл бағ» пайда етиў бойынша усынысы мақуллансын;

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл                      13-марттағы VI-68-34-13-184-K/23-санлы шешиминиң 2-бәнти өз күшин жоғатқан деп табылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасарына (И.Абылбаев) ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
24.06.2023 10:32:34 86