ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 26-майдағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл10-апрельдеги “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў туўрысындағы” 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы VI-71-65-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў туўралы.

24.06.2023 10:28:32 186 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 10-апрельдеги  “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында  модернизациялаў ҳаққында”ғы 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл 16-июньдағы 02-1672-санлы хатын инабатқа алып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. 1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2023 жыл 16-июньдағы 02-1672-санлы хаты инабатқа алынсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 26-майдағы VI-71-65-13-184-К/23-санлы шешиминиң 4-бәнтине төмендегише өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилсин:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыдағы аты аталған қарарының 6 ҳәм 9-бәнтлерине муўапық жеке шериклер – етип исбилерменлик субъектлери “Раўаж Мойнақ Нукус” ҳәмде “Кағаз арна курылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери белгиленсин;

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл                      26-майдағы  VI-71-65-13-184-К/23-санлы шешиминиң 4-бәнти өз күшин жоғалтқан деп табылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң“Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша”ҳәмде “Санаат, транспопрт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша” турақлы комиссияларына жүкленсин.
24.06.2023 10:28:32 187