Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында
2022-жыл 1-март күни өткерилген “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын жәнеде беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы Баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенованың район аймағында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл 1-март күни өткерилген “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын жәнеде беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы Баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын кабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (Г.Хожамбергенова), районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов), районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов) менен биргеликте:
-дизими қәлиплестирилген медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың ҳәм оларға жоқары технологиялық бийпул медициналық жәрдем көрсетилип барылыўын тәмийинлеў;
-9-12 жастағы жас өспирим қызларды ҳаялларда аўыр ақыбетлерге алып келетуғын адам папиломасы вирусына қарсы емлеў илажларын көриў;
-туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала күтиминде отырғанҳаялларды дәри-дармақ ҳәм витаминлер менен бийпул тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
-исбилермен ҳаял-қызларға ҳәмде исбилерменлик жумысын жаңадан баслап атырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
-жаңадан бизнес жумысларын басламақшы болған жумыссыз ҳаял-қызларға керекли үскенелер алыў ушын субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыў;
-өз үй қапталы қыйтақ жерлеринде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳая-қызларды өзин-өзи бәнт етиў тайпасына киритиў ҳәмде олар салық ҳәм басқада жеңилликлерден пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г. Хожамбергенова) пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте:
– ҳаял-қызларға қарсы жәбир ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў, жәбирленген ҳаял-қызларға мотивация бериў, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс қыйыншылықларын жеңиў, зәрүр жағдайларда психологлардың хызметинен пайдаланыў бойынша;
– сектор басшылары ҳәмде мәпдар мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте “Ҳаяллар дәптери”н жүритиў арқалы енгизилген жаңа тәртип тийкарында ҳаял-қызлар машқалаларын системалы рәўиште ҳал қылыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;
– жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин асырыў ҳәмде бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген илажлардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе ҳаял-қызларға түсиндириў, сондай-ақ “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў бойынша жумысларды муўапықластырып барсын.
– ҳаял-қызлар машқалаларын ҳал қылыў бойынша ислеп шығылған “Жол карта”ларының орынланыўы бойынша ҳәр айда халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мағлыўмат киритип барсын.
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г. Хожамбергенова), Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Б.Искендеров) пуқаралар жыйынлары жанындағы “Шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў комиссиясы” менен биргеликте:
– мәҳәлллерде миллий, улыўма инсаныйлық ҳәм шаңарақлық қәдириятларды кеңнен үгит-нәсиятлаў;
– халық арасында шаңарақлық келиспеўшиликлер, жаслар тәрбиясына итибарсызлық жағдайлары, жаслардың түрли жат идеялар тәсирине түсип қалыўы, ишиўшилик ҳәмде нәшебентлик иллетлерине берилиўи, ҳуқықбузарлықлардын жүз бериўи – шаңарақлардың бузылып кетиўиниң тийкарғы себеплеринен бири екенлиги ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барыў;
– жигит ҳәм қызларды турмысқа таярлаў, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға көмеклесиў, шаңарақтың муқаддеслиги ҳәм шаңарақлық мүнәсибетлердиң бузылыўының алдын алыў бойынша мәнзилли үгит-нәсият жумысларын алып барыў;
– суд яки пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў органларына некени айырыўға арза менен мүрәжат қылған жубайларды жарастырыў;
– аймақларда тынышлықтың бузылыўына себепши болып атырған шаңарақлардың турмыс тәризи ҳәм орталықты үйренип, татыўлыққа өзиниң кери тәсирин көрсетиўши факторларға шыдам бериў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– ибратлы шаңарақлар, олардың перзент тәрбиясы барысындағы тәжирийбелерин ҳәмде шаңарақ ағзалары ортасындагы ибратлы мүнәсибетлерин халык арасында кеңнен үгит-нәсиятлап барсын.
6.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Г.Хожамбергеноваға ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.